Múrájat ushın isenim telefonı

background

Той мәресимлерди ықшамластырыў мәселеси ҳаққында ушырасыў

Той мәресимлерди ықшамластырыў мәселеси ҳаққында ушырасыў

Бизиң халқымызда ата-бабаларымыздан мийрас болып киятырған үрип-әдет дәстүрлер жүдә көп. Солардан, келин түсирип, қыз узатып той бериў ҳәзирги күнде дәстүр емес ал, керисинше модаға айланбақта.

Заманның тез пәт пенен раўажланыўы ҳәзирги айрым жасларымызға тәсири анағурлым басқаша. Себеби  интернеттен көрген той ҳаққындағы мағлыўматлар, басқа елдеги тойлардың өтиўи бизиң жасларымызға ҳәуесек болып көринбекте.

Ҳәзирги күнде өткерилип атырған той мерекелерде 10-15 сырт елден келген транспортлары менен жаслар сейилине шығыў, жаслар тойын дәбдебели ресторанларда өткериў ушыраспақта. Усы иллетлердиң алдын алыў мақсетинде 3-октябрь күни Шоманай районы ҳәкимлигинде ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўға Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығының биринши орынбасары Т.Романов, Шоманай районы ҳәкими Б.Янгибаев ҳәм барлық мекеме шөлкемлер сондай-ақ тийисли тараў қәнийгелери қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Олий мажлиси нызамшылық палатасы Кеңесиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий мажлиси Сенаты Кеңесиниң 2019-жыл 14-сентябрьдеги «Тойлар ,Шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлердиң өткерилиўин тәртипке салыў системасын жәнеде жетилистириў ҳаққында» ғы 2736-III/ҚҚ-592-111-санлы қоспа қарарында белгиленген ўазыйпалардың мазмуны ҳәм аҳмийети ҳаққында пикир алмасыўлар болып өтти.

Қоспа-карарда көрсетилген той мәресимлерди өткериўде ысырапкершиликке жол қоймаў, дәбдебели той өткериўдиң алдын алыў бойынша ўазыйпалар белгилеп берилди.

Skip to content