Быйылғы жылы пахта жыйым-терим мәўсиминде жаслар билегиндеги күшти, жүрегиндеги отты “ақ алтын”ды жыйнап алыўға сарыпламақта. Пахта атызларында мәртлик кѳрсетип, мийнет қылатуғын теримши ҳәм жәрдемшилердиң мийнетлерин қәдирлеп, ҳәр тәреплеме қошаметлеп барыў мәмлекетимиздиң биринши гезектеги уазыйпасына айланған. Мәўсим даўамында мәдений иләжлар шѳлкемлестирилип, алдағы теримшилер қошаметленип барылмақта.
Əзелден дыйханлар ели есапланған Шоманай районында туўылып, усы районда тәрбияланған, ѳзин усы елдиң перзенти деп билген жаслар “Пидайы жаслар отряди”на ағза болып, ѳз мәмлекети, халқы алдындағы, жәмийет алдындағы буршын орынлаў ушын пахта атызларында жәмленген ҳалда қызғын пахта терип мәмлекет қырманына салмақлы үлес қосып келмекте.
Усы жасларға ҳармасын айтып, оларды қошаметлеў мақсетинде «Бегжап» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Қудайберген Парангиз» фермер хожалығында мәдений иләж шѳлкемлестирилди. Бул иләжға аўыл пуқаралар жыйыны ақсақалы Қуўатбай Қунназаров, Жаслар аўқамы районлық Кеңеси баслығы Мурат Нарбаев, Агро экономика кәсип-ѳнер коллежи директоры Алпамыс Нурыллаев ҳәм бир қатар тийисли тараў қәнигелери қатнасып теримшилерге ҳармасын айтты ҳәм мәўсим басынан белсендилик кѳрсетип киятырған Узақбергенов Султан, Таңатарова Лиза, Турдыбаева Индира, Убайдуллаева Гүлимхан, Инаева Айнура, Палўанова Азада, Худайбергенова Мавлюда, Бибрашова Арыўхан ҳам Оразымбетов Ерланларға естелик саўғаларын тапсырды.
Қырманға тѳгилген ҳәр бир килограмм пахта сиз ҳәм бизиң ар-намысымыз екенлигин умытпайық ҳүрметли жаслар.