Шоманай районында 30-сентябрь күни 13-санлы Ж.Базаров атындағы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде 1-октябрь «Муғәллимлер ҳәм устазлар» байрамы мүнәсийбети менен «Устаз қәдири уллы муғәллим» атамасында байрам кешеси шөлкемлестирилди.
Байрам кешесинде Шоманай районы ҳәкими Б.Янгибаев елимизде саламат ҳәм баркамал әўладты тәрбиялаўда мийнет етип атырған устазлардан, 1-санлы мектептиң биология пәни оқытыўшысы Жолымбетова Сапаргүл, 5-санлы мектептиң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшысы Хамидуллаева Ирина, 26-санлы мектептиң география пәни оқытыўшысы Оразбаева Венераларға Қарақалпақстан халық билимлендириў ағласы көкирек нышанын тапсырды.
Сондай-ақ, оқыўшылардың сана сезиминиң раўажланыўында, өмирге бағдар алыўында, белгили бир кәсип ийелеўинде, жәмийетте өз орнына ийе болыўында аянбай мийнет етип атырған бир қатар оқытыўшыларға Шоманай районы ҳәкимлиги «Ҳүрмет жарлық» ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықлады. Байрам кешеси концерт бағдарламасы менен даўам етти.