Шоманай районы Кетенлер аўыл пуқаралар жыйынының жуўаплы хаткери Қарлыбаева Айимхан Кеңесбаевна жамийетимизде мәҳәлле институтының орны ҳәм ролин күшейтиў, орынларда руўхый орталық турақлылығын тәмийнлеў, миллетлер аралық дослық ҳәм татыўлықты беккемлеў, жас әўладты ана Ўатанға мухаббат ҳәмде садықлығын асырыў руўхында тарбиялаў, халықты социяллық қоллап-қуўатлаў, кең көлемли профилактикалық иләжлар ҳәм жәмәәтлик қадағалаўды әмелге асырыў жумысларында мүнәсип үлес қосқаны ушын Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Республикалық Кеңесиниң 42-санлы баяны тийкарында 2019-жыл 28-сентябрь күни Кетенлер аўыл пуқаралар жыйынының жуўаплы хаткери Қарлыбаева Айимхан Кеңесбаевна «Маҳалла ифтихори» көкирек нышаны менен сыйлықланды.
«Маҳалла ифтихори» көкирек нышанын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығы орынбасары А.Ҳомраев, Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў оргонлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығының биринши орынбасары Т.Романовлар тапсырды. Усындай мийнетлерине миннетдаршылық ретинде Қарақалпақстан Республикасы кәсиплик аўқамы тәрепинен Тошкент қаласындағы санаторияда емлениўге бийпул жоллама берилди.