Múrájat ushın isenim telefonı

background

Жаслар арасында “Сайлаў кодекси” бойынша түсиник жумыслары алып барылды

Жаслар арасында “Сайлаў кодекси” бойынша түсиник жумыслары алып барылды

Бәршемизге мәлим, быйыл елимизде Олий Мажлис Нызамшылық палатасы, ҚР ЖК жәнеде қала ҳәм районлық кеңеслерге гезектеги депутатлық сайлаўлар өткериледи.

Сол мүнәсибет пенен Президентимиздиң Олий Мажлисге жоллаған  мүрәжаатнамасында белгилеп берилген баслы ўазыйпалар, әсиресе жасларға қаратылып атырған  итибар, сондай-ақ Сайлаў кодексиниң әҳмийети,  биринши рет сайлаўларда қатнасыўшы жаслардың сиясий ҳәм ҳуқықый билимин еледе асырыў, бул процеслерде жаслардың белсендилигин арттырыў ҳәм оларға әҳмийетин кеңирек түсиндириў Шоманай агроэкономика кәсип-өнер колледжинде Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал – демократиялық партиясы районлық  Кеңеси тәрепинен “Мениң биринши даўысым” атамасында колледж жаслары менен ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўға партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси хызметкерлери, тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлерден ўәкиллер,  партия белсендилери  ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Өткерилген ушырасыў даўамында Мәмлекетимизде сайлаўларды еледе тәртипке салыў, елимиздиң сайлаў системасында нызам ҳужжетлери нормалары қайталаныўының алдын алыў мақсетинде Сайлаў кодекси тастыйықланғанлығы атап өтилип Президентимиз басламасы менен ислеп шығылған Сайлаў кодекси  өзгерис ҳәм қосқмшалар кереклиги атап көрсетилгенлиги бойынша кең түсиниклер берилди.

    Ушырасыў соңында партияның мақсет ҳәмде ўазыйпаларын үгит-нәсиятлаўда белсенди жаслардың ата-аналарына партия тәрепинен миннетдаршылық хаты тапсырылып, ата-аналар ҳәм жаслардың сайлаў мапазаы бойынша пикир алмасыўлар менен даўам етти.   

Skip to content