2019-жыл 19-сентябрь күни Шоманай районы ҳәкимлигинде Исбилерменлер ҳәм фермерлердиң машқалаларын үйрениў, оларды қоллап-қуўатлаў, исбилерменлер ортасында бәсекеликти күшейтиў нәтийжесинде Монополияны жоқ етиў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитети баслығы орынбасары Б.Каримов ҳәмде Өзбекстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитети Қарақалпақстан Республикасы бөлими бас қәнийгеси Б.Исмайловлар қатнасыўында көшпели қабыллаў болып өтти.
Көшпели қабыллаўда Шоманай районы исбилерменлери ҳәмде фермерлериниң мүрәжетлери тыңланып, түсиниклер берилди.