Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 3-майдағы «Руўхый-ағартыўшылық жумыслары нәтийжелигин арттырыў бойынша қосымша иләжлар ҳаққында» ғы ПҚ-4307-санлы қарарына муўапық 2019-жылдың 18-19 сентябрь күнлери Қарақалпақстан Республкасында «Мәнаўият фестивалы»н өткериў режелестирилген.
Cол мүнәсийбет пенен Шоманай районы Ж.Базаров атындағы 13-санлы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде жаслар менен ушрасыў кешеси шөлкемлестирилди.
Ушрасыўда Өзбекстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитети белсендиси, профессор Жамила Шермухаммедова, Өзбекстан Республикасы халық артисти Мырза Азизов,Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, Қарақалпақстан Республикасы халық шайыры Рустам Мусурманов, Өзбекстан Республикасы Руўхый-ағартыўшылық орайы қәнийгеси Малика Абдикасимова, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, Қарақалпакстан Республикасы жазыўшылар аўқамы ағзасы, Шарапатдин Аяпов, Фелософия илимлери докторы профессор, Өзбекстан Республикасы Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республикалық бөлими қәнийгеси Хожабай Кабуловлар қатнасып Президентимиз тәрепинен қабыл етилген қарар ҳәм нызамларды қалаберсе Руўхый-ағартыўшылықты кеңнен үгит-нәсият қылды.