Múrájat ushın isenim telefonı

background

Мәмлекетимизде жаслар руўхыйлығын асырыў баслы ўазыйпа.

Мәмлекетимизде жаслар руўхыйлығын асырыў баслы ўазыйпа.

Мәмлекетимизде жаслар руўхыйлығын асырыў, олардың бос ўақытын мазмунлы шөлкемлестириў бойынша Президентимиз тәрепинен илгери сүрилген 5 басламаның 2 жөнелиси жасларды физикалық шынықтырыў ҳәм спорт тараўында қабылийетин жүзеге шыгарыўға қаратылған.

            Сол мүнәсийбет пенен Шоманай Район ҳәкимлиги,дене тәрбия ҳәм спорт бөлими, жаслар аўқамы районлық Кеңеси ҳам бир қатар шөлкемлер менен биргеликте 2019-жыл 14-сентябрь күни Шоманай педагогика кәсип-өнер колледжинде спорттың Гүрес түринен район бириншилиги болып өтти.

Гүрес жарысында ер баллар бойынша 33кг салмақта 7-санлы мектеп оқыўшысы Жийенбаев Тоғайбай, 36кг салмақта 19-санлы мектеп оқыўшысы Аширбаев Амирбек, 38кг салмақта 1-санлы мектеп оқыўшысы Юлдашбаев Ўткирбек, 42кг салмақта 25-санлы мектеп оқыўшысы Халмурзаев Қудияр, 50кг салмақта 2-санлы мектеп оқыўшысы Дәўлетмуратов Ринат, 55кг салмақта 1-санлы мектеп оқыўшысы Қайыпназаров  Нурлан, 60кг салмақта 18-мектеп оқыўшысы Абдуллаев Самандар, 65кг салмақта 23-санлы мектеп оқыўшысы Қалбаев Ақылбек, +65кг салмақта 2-санлы мектеп оқыўшысы Қайпанов Илхамбеклер жеңимпаз болған болса ал қыз баллар арасында 33кг салмақта 18-санлы мектеп оқыўшысы Ембергенова  Шахноза, 36кг салмақта 20-санлы мектеп оқыўшысы Елмуратова  Алмагүл, 40кг салмақта 18-санлы мектеп оқыўшысы Оңғарбаева  Муқаддас, 44кг салмақта 18-санлы мектеп оқыўшысы Туелбаева Мухлиса, 48кг салмақта 20-санлы мектеп оқыўшысы Ажибаева Мирхан, 52кг салмақта 5-санлы мектеп оқыўшысы Сапарбаева  Алия,  57кг салмақта 2-мектеп оқыўшысы Оразбаева Сарбиназлар жеңимпаз болып шөлкемлестириўшилер тәрепинен баҳалы саўға ҳәм димлом менен сыйлықланды.

           

Skip to content