Múrájat ushın isenim telefonı

background

АТА МИЙРАС ӨНЕРМЕНТ

АТА МИЙРАС ӨНЕРМЕНТ

Әзелден ата-бабаларымыз дыйханшылық, шарўашылық қалаберсе өнерментшилик пенен де шуғылланып келген. Ата-бабаларымыздан бизге мийрас қалған өнерментшилик кәсиби бүгинги күнде жүдә раўажланып келмекте. 2019-жыл 10-15 сентябрь күнлери Қоқанд қаласында биринши Халықаралық өнерментшилик фестивалы болып өтеди.

Жәҳән өнерментшилик Кеңесининң 2019-жыл 23-июлдеги  қарарына тийкарланып Қоқанд қаласына ағаш оймашылық бойынша «Өнерментшилик қаласы» атағы берилген.Усы күнге шекем жәҳәнниң 35 қаласы усы атаққа ерисиўге мияссар болған.

Қоқанд қаласындағы фестивалға  дунья жүзи бойынша 78 мәмлекеттен  өнерментшиликтиң 29 түри бойынша 191 сырт еллик өнерментлер келип қатнасатуғын болса, ал Өзбекстан  Республикасынан 153 районынан өнерментшиликтиң 34 түри бойынша 1116 өнермент  қатнасады. Солардан Шоманай районынан да 8  өнермент өзлери қоллары менен ислеп шығарған буйымлары менен қатнасады.

  1. Қәдирбергенов Назарбай (Миллий музыка саз әсбаблары устасы)
  2. Нәўбетова Алтынай (қолда гилем тоқыў)
  3. Нәўбетов Байрам (кийизден аяқ кийим ислеў)
  4. Матирзаева Разалия (қолда гилем тоқыў)
  5. Муратова Мехрижамал (Гүл басылған гезлемелер ҳәм тигисли буйымлар ислеў)
  6. Қудайбергенова Делфуза (қолда гилем тоқыў)
  7. Қыпшақбаева Турсынай (қолда гилем тоқыў)
  8. Жангакова Камшат (ший тоқыў, қамыстан буйымлар ислеў)

Фестиваль шеңберинде илимий-әмелий конференцияда  24 мәмлекеттен 28 сырт еллик алымлар қатнасса, ал  Өзбекстан Республикасынан 6 алым қатнасады.

Өнериңиз өрлейберсин жерлеслер.

Skip to content