Múrájat ushın isenim telefonı

background

Өзбекстан Республикасында 2022-жылы халықтың дизимин алыў өткериледи

Өзбекстан Республикасында 2022-жылы халықтың дизимин алыў өткериледи

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми 2020-жылда пүткил дүньялық халық ҳәм үй-жай фондын дизимге алыў дәстүрин қоллап-қуўатлаўды итибарға алған ҳалда, халық санын анық есаплап шығылыўын тәмийинлеўге қатаң усыныс етпекте. Мәмлекетимиз ғәрезсизликке ерискеннен кейин халықты дизимге алыў илажлары өткерилмеген. Өзбекстан Республикасында бул илажлар соңғы мәрте советлер союзи дәўиринде 1989-жылда өткерилген. Енди бул илаж Өзбекстанда да жолға қойылады. Буның ушын Президентимиз тәрепинен усы жыл 5-февралда тастыйықланған “Өзбекстан Республикасында 2022-жылда халықты дизимге алыўды өткериў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында”ғы Пәрманда сәўлеленген ҳәм бул бойынша қатар ўазыйпалар белгиленди.

Олар төмендегилерден ибарат, халықты дизимге алыў мәмлекетте жасаўшы барлық халыққа тийисли болған демографик, экономикалық ҳәм социаллық мағлыўматларды жыйнаў, улыўмаластырыў, баҳалаў, анализлеў ҳәм дағаза қылыўдың бирден-бир процессин өз ишине алып, халық ҳаққында мағлыўматлардың тийкарғы дереги есапланады. Аймақларды раўажландырыў ҳәм жәмийеттиң социаллық қорғаўға мүтәж қатламларына жәрдем көрсетиў бойынша сиясий ҳәм басқарыў қарарларын қабылетиў ушын зәрүр мағлыўматларды алыў имканиятын береди. Бул халықтың санын исенимли есаплаў, сондай-ақ анық белгилеп қойылған бирден-бир есапқа алыу дәўиринде халыктын жынысы, жасы, шаңарақ жағдайы, мағлыўматы, жасаў шәраяты, бәнтлиги, миллети. Пуқаралығы ҳәмде басқа демографик, социаллық ҳәм экономикалық түрлери бойынша жекетәртипте есапқа алыў ҳәм толық тәрийиплеўдиң универсал усылын иске түсирген ҳалда рәсмий статистика системасында тийкарғы роль ойнайды. Жоқарыда атап өтилгениндей, бизде жақын 30 жыл даўамында халықты дизимге алыў ис-илажлары әмелге асырылмады. Бул өз нәўбетинде объектив мағлыўматларды жыйнаў ҳәм социал-экономикалық режелерин анық режелестириў мәселелерине саясын салды, әлбетте. Яғный қайжерде ҳәм қашан пүткүл халықты реал қамрап алатуғын емлеўхана қурыў, мектеп қурып питкериў, талапларына сәйкес қәнигеликлер таярлаў сыяқлы социаллық мәселелер пәске тарта баслайды.

Skip to content