2019-жылдың январь-июнь айларында аўыл, тоғай ҳәм балық хожалығы өним (хызмет) лериниң улыўма көлеми 2106,2 млрд.сумды ямаса 2018-жылдың тийисли дәўирине салыстырғанда 105,4 % ти, соннан дийқаншылық ҳәм шәрўашылық аңшылық ҳәм бул тараўда көрсетилген хызметлер 1968,7 млрд. сумды (105,2 %), тоғай хожалығында 91,7 млрд.сумды(105,4 %), балықшылық хожалығында 45,7 млрд.сумды (118,0 %) қурады.
Әсиресе, жоқары өсим пәтлери Төрткүл (өткен жылға салыстырғанда 114,9 %), Нөкис қаласында (114,0 %), Қанлыкөл (108,5 %) районларында жоқарылады, Елликқала (101,6 %) ҳәм Кегейли районларында (101,5 %) болса керисинше пәс көрсеткиш гүзетилди.
Аўыл, тоғай ҳәм балық хожалығы өним (хызмет)лериниң улыўма көлеминде Әмиўдарья районы үлеси 16,3 % қурады, Төрткүл 13,0 %, Беруний ҳәм Елликқала районларында 11,8 % ҳәм 10,4 % көрсеткиш пенен кейинги орынларды ийеледи. Ең кем үлести Нөкис қаласы көрсеткиши болып 0,6 % ти көрсетти.
2019-жылдың январь-июнь айларында ислеп шығарылған аўыл-хожалығы өнимлери көлеминиң 2018-жылдың тийисли дәўирине салыстырғанда өсими 105,5 % ти, соннан, дийқаншылық өнимлери 116,2 %, шәрўашылық өнимлери 101,2 % ти қурады.
Ислеп шығарылған аўыл-хожалығы өнимлериниң хожалық түрлери бойынша районлар кесиминде бөлистирилиўи .
Мағлыўматлар Шоманай районы Статистика бөлими тәрепинен усынылды.