Múrájat ushın isenim telefonı

background

ӨНЕРМЕНТЛЕР ШАҢАРАҒЫНЫҢ БАХЫТЛЫ МӘЎРИТЛЕРИ

ӨНЕРМЕНТЛЕР ШАҢАРАҒЫНЫҢ БАХЫТЛЫ МӘЎРИТЛЕРИ

Назарбай Қәдиримбетов ҳәм Тазахан Турдымовалар шаңарағы менен районымызда өнерментлер шаңарағы атанды.

Назарбай Қәдиримбетов қарақалпақтың миллий саз әсбаплары ала мойнақ дуўтары, ғобыз, найлары менен бир қатарда ағаштан не исленетуғын болса барлығын көз қуўандырарлық дәрежеде ислеп буйыртпашыларға жеткерип бермекте.

Тазахан Турдымова болса қызлары менен биргеликте көздиң жаўын алатуғын дәрежедеги миллий қурақлардан көрпеше қурап, дастықлар, келинлерге шымылдық, бесиктиң баўларын тигип қолы гүл шеберге айланған.

Шаңарақ ийелери өзлериниң тийкарғы жумысына қосымша түрде өнерментшилик пенен шуғылланып шаңарағына мол дәрәмат қосып, дастурханының молшылығын тәмийинлеп келмекте. Районымызда өткерилип атырған байрамларда өз көргизбелери менен қатнасып атырған болса, таңлаўлардан республика көлеминде алдыңғы орынларды ийелеп келмекте.

қызлары Манзура заманагөй перделер тиксе, Ҳүрлиман миллий тағамлар, кондитер өнимлерин таярлайды, Сабийра бос турған яки керексиз буйымлардан дәскелер соғып қайта пайдаланыўға жарамлы етип гөззаллық жаратса, Улзада дуўтар шертип бақсышылық жолын қуўған, Гүлзада мектепте оқыў менен бирге мешок, моншақлардан буйымлар ислейди. Қулласы шаңарақ ағзаларының барлығы пайдалы мийнет пенен бәнт. ��

Skip to content