Múrájat ushın isenim telefonı

background

ПЛЕНУМ ӨТКЕРИЛДИ

ПЛЕНУМ ӨТКЕРИЛДИ

Өзбекстан “Миллий тикланиш” демократиялық партиясы районлық Кеңесиниң
XII пленумы болып өтти.

Пленумға ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәселелери бойынша қәнигеси Айгүл Өтениязова, ӨзМТДП районлық Кеңеси ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты, Халық депутатлары районлық Кеңеси депутатлары, ғалаба хабар қураллары хызметкерлери, партия белсендилери қатнасты.

Пленум жумысын Өзбекстан “Миллий тикланиш” демократиялық партиясы районлық Кеңесиниң баслығы Гүлжәҳән Сапарбаева ашты.
Пленумда: 

1. Өзбекстан “Миллий тикланиш” демократиялық партиясы районлық Кеңесиниң
2019-жыл биринши ярым жылда ислеген жумысларының жуўмағы ҳәм екинши ярым жыллықта ислениўи тийис болған ис-илажлардың тийкарғы бағдарлары ҳаққында;

2. Халық депутатлары районлық Кеңесиндеги ӨзМТДП топарының 2019-жыл биринши ярым жыллықтағы ислеген жумыслары жуўмағы ҳәм екинши ярым жыллықтағы ис-илажларының бағдарлары ҳаққында ҳәм басқада мәселелер қаралды.

Өзбекстан “Миллий тикланиш” демократиялық партиясы районлық Кеңесиниң  баслығы Гүлжәҳән Сапарбаева шығып сөйлеген баянатында биринши ярым жыллықта халық пенен ушырасыў, келип түскен мүрәжатлар ҳәм олардың үйренилип шығып шешимин табыўы, “Ҳаял-қызлар қанаты”, “Жаслар қанаты” тәрепинен өткерилген таңлаўлар, “Хызмет-бийминнет” атамасындағы оқыў курслары, ҳаял-қызларымыздың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша бир қатар жумыслардың алып барылғанлығы ҳаққында кең түрде айтып өтти.

“9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни” мүнәсибети менен тылда хызмет атқарған нураныйларымыздың ҳал-жағдайларынан хабар алынғаны, жасларды миллийлик руўхында тәрбиялаў, салт-дәстүрлеримиз бенен таныстырып санасына сиңдириў мақсетинде “Миллий ойынлар” спорт жарысы өткерилген. “Ҳаял-қызлар қанаты” тәрепинен “Мәмлекет ҳәм жәмийет басқарыўында ҳаял-қызлардың ролин асырыў” атамасында ушырасыў кешелери өткерилгенлиги буннан басқа да көплеген таңлаў, жарыс, ушырасыў, партия ағзалығына қабыллаў, взнос төлемлери, екинши алты айлықта өткерилежақ сайлаўларға таярлықлар ҳаққында кең түрде айтып өтти.

Буннан соң екинши ярым жыллықта ислениўи тийис ис-режелер дөгерегинде Халық депутатлары районлық Кеңесиндеги депутатлар топарының баслығы Қалбай Наўрызов ҳәм болажақ сайлаўларда партияның алып баратуғын жумыслары, тийкарғы ўазыйпалары ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Тамара Қаллықлычовалар шығып сөйледи.

Күн тәртибиндеги оқылған баянатлар, билдирилген пикир, усыныслардан келип шығып Өзбекстан Республикасы “Миллий тикланиш” демократиялық партиясы районлық Кеңесиниң XII пленумы Қарар қабыл етип өз жумысын жуўмақлады.

Skip to content