Өзбекстан Республикасы Президентиниң районларда жайласқан Халық қабыллаўханалары халқымыздың машқалаларын шешиўде әҳмийетли орын тутады.
Жақында “Мамый” аўыл пуқаралар жыйынында көшпели қабыллаў өткерилди. Буған райондағы 4 сектор басшылары, мәкеме баслықлары, тийисли тараў қәнигелери ҳәм аўыл пуқаралары қатнасты.
Дәслеп усы аймақта жайласқан 5-санлы мектеп алдында Мектеп ярмаркасы өткерилип, ата-аналар перзентлерине мектеп қуралларын арзан баҳада сатып алды. Соның менен бирге усы жерде азық-аўқат өнимлери де сатыўға шығарылып, өз қарыйдарларын тапты.
Көшпели қабыллаўды район ҳәкими Бахадир Янгибаев басқарып барды. Көшпели қабыллаўда аўыл турғынлары сектор басшыларына өзлерин қыйнап киятырған бир қатар машқалалары менен мүрәжат етти. Бунда еки пуқара ишимлик суў мәселесинде м6рәжат етип, олардың машқалалары усы жердиң өзинде унамлы шешимин тапты. Сондай-ақ, бир пуқараның жумыс пенен бәнтлигин тәмийинлеў бойынша да тийисли тараў қәнигелерине тапсырмалар жүкленди.
Көшпели қабыллаўда медицина хызметкерлери тәрепинен халыққа бийпул медициналық хызмет көрсетилди.