Абдимәлик Сапаров онлаған жылдан аслам ўақыттан берли орайлық Өзбекстан көшесиниң бойында етикшилик жумыс орнын ашып, аяқ кийим тигиў менен шуғылланып, хожалығын тербетип киятыр.
Өмирлик жолдасы Жумабийке Жарылқағанова менен үш перзентти тәрбиялап, мийнеттиң аўыр-жеңили, кәсиптиң жақсы жаманы жоқ демей еринбестен усы кәсиптиң нанын жеп келмекте.
Ҳақыйқатындада Абдимәликтиң кәсибинен ерискен абройы менен табысы жоқары лаўазым яки абыройлы жумысларда ислеўшилерден кем емес. Ислеген исине миннетдар болған пуқаралардың “Кәсибиңнен кәмал тап, қолың дәрт көрмесин” деген алғыслары менен өнип-өсип отыр.